Бул ҳаққында Жол ҳәрекетин шөлкемлестириў орайы хабар берди.

Тийкарғы өзгерислер:

Егер айдаўшы автомобильди жүклеў басланыўына шекем артқа қайтыўға үлгерсе ҳәм нызамбузыўшылықты сапластырса, эвакуация исленбейди.

Жүк орнатыў басланғаннан соң, айдаўшы орынға қайтқан болса да, эвакуация даўам еттириледи.

Автомобильди сақлағаны ушын төлем жүк артыў басланған ўақыттан баслап ҳәр бир сутка ушын есапланады.

Автомобильди жарима майданшасынан алыў ушын электрон системада қәлиплестирилген QR-руқсатнама талап етиледи.

Егер ийеси автомобильди 6 ай даўамында алып кетпесе, қарыздарлық мәжбүрий тәртипте өндириледи. 12 ай өткеннен кейин суд транспорт қуралын ийесиз деп табыўы мүмкин.

Эвакуация ҳәм сақлаў ушын қанша төлеў керек болады?

Ташкент қаласы ушын төмендеги шекленген тарифлер белгиленген:

эвакуация - 1 км ушын 88 000 сумға шекем, бирақ 1 760 000 сумнан аспаған муғдарда;

жәрийма майданында сақлаў - суткасына 88 000 сумға шекем.

Мәселен, автомобильди 3 км аралыққа алып шығып, үш сутка сақлаў 528 мың сумға түседи. Бул суммаға қағыйданы бузғанлығы ушын жәрийма да қосылады.

Автотранспортты тоқтатыў қағыйдаларына әмел етиў не ушын зәрүр?

Автомобиль жеке мүлк, бирақ көше, тротуар ҳәм бәндиргилер жәмийетлик орын есапланады. Ҳәр биримиз тек ғана айдаўшы емес, ал пияда да боламыз.

Бир автомобиль орташа 8-12 метр квадрат майданды ийелейди. Егер машина тротуарда қалдырылған болса, бул метрлер пиядалар, соның ишинде, кекселер, балалар арбашалары бар ата-аналар ҳәм майыплығы болған пуқаралардан тартып алынады.

Соның ушын, егер жақын жерде бос орын болмаса, бир неше минут пияда жүриўге туўра келсе де, рухсат берилген автомобиль турыў орнынан пайдаланыў ямаса жәмийетлик транспорттан пайдаланған жақсы.

Бир айдаўшының қолайлығы жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшыларына қолайсызлық туўдырмаўы керек.

Автомобиль - сизики, қала болса - улыўма. Автотранспортты тоқтатыў қағыйдаларына әмел етиң ҳәм басқалардың қәўипсиз ҳәм еркин ҳәрекетлениў ҳуқықын ҳүрмет етиң. Эвакуация ҳәм жәрийма майданшасы қәрежетинен қутылыўдың ең жақсы жолы - қағыйданы бузбаў.