Келисимлер Өзбекстанның Америка кино ҳәм телевидение санаатының ең ири илажларынан бири - 2026-жыл 10-15-ноябрь күнлери Лос-Анжелес қаласында болып өткен American Film Market (AFM) қатнасыўының нәтийжеси болды. Илаж шеңберинде Өзбекстан миллий стенди шөлкемлестирилди, елимиз делегациясы халықаралық кино индустрия ўәкиллери менен бир қатар сөйлесиўлер өткерди.
Атап айтқанда, «The Amazing Race» тележойбарының жаратыўшылары Бертрам ван Мюнстер ҳәм Елиза Доганери менен ушырасыў болып өтти. Тәреплер 2027-жылы Өзбекстанда бағдарламаның жаңа санларын сүўретке алыўды шөлкемлестириў мәселелерин додалады. Сөйлесиўлер жуўмағында дәслепки келисимлерге ерисилди.
«The Amazing Race» - белгили реалити-шоу болып, оның қатнасыўшылары дүньяның түрли мәмлекетлерине саяхат етип, ҳәр қыйлы тапсырмаларды орынлайды ҳәм өз-ара жарысады. Бағдарлама даўамында олар баратуғын мәмлекетлердиң дыққатқа ылайық орынлары, мәденияты ҳәм дәстүрлери менен танысады.
Жойбар 2027-жылы өзиниң 25 жыллығын белгилейди. Усы ўақыт ишинде бағдарламаның 39 мәўсими шығып, 15 "Эмми" сыйлығына миясар болған ҳәм усы сыйлыққа 108 номинация алған.
Буннан тысқары, Өзбекстан делегациясы «Expedition Unknown» бағдарламасының продюсери, еки мәрте "Емми" сыйлығының лауреаты Аарон Шунховен менен сөйлесиўлер өткерди. Ушырасыўдың тийкарғы темасы 2027-жылы Өзбекстанда жойбардың жаңа санларын сүўретке алыўды шөлкемлестириў перспективалары болды. Бул бағдарда да дәслепки келисимлерге ерисилди.
«Expedition Unknown» - басқарыўшысы Джош Гейтс болған, дүньяның түрли бурчакларындағы әййемги цивилизациялар, тарийхый жумбақлар ҳәм археологиялық сырларды изертлеўге бағышланған саргузаштлы телекөрсетиў.
Өзбекстандағы сүўретке алыў жумыслары халықаралық аудиторияны елимиздиң әййемги қалалары, бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм сийрек ушырасатуғын археологиялық естеликлери менен таныстырыў имканиятын беретуғыны күтилмекте.
Бул еки жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстанның халықаралық туристлик имиджин беккемлеў, сырт елли аудиторияның елимиздиң туристлик бағдарларына қызығыўшылығын арттырыў ҳәм жаңа туристлик ағымларды тартыўға хызмет етеди.
“American Film Market” шеңберинде Өзбекстан делегациясы басқа да сырт елли продюсер ҳәм режиссёрлар менен ушырасып, халықаралық кино ҳәм телевидение жойбарларын әмелге асырыў, Өзбекстанда бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективаларын додалады.
Мағлыўмат ушын:
The Amazing Race» тележойбары 2001-жылдан берли эфирге берилмекте. Бағдарламаның дәслепки 30 мәўсими дүньяның 89 мәмлекетинде сүўретке алынды, форматы болса 12 ден аслам мәмлекетке бейимлестирилди. 2025-жылы 38-мәўсимниң биринши санының премьерасы шыққаннан кейинги дәслепки үш күнде телевидение ҳәм стриминг платформаларында 4,01 миллион тамашагөй жийнады.
«Expedition Unknown» көрсетиўи 2015-жылдан берли эфирге берилмекте. 2026-жыл жағдайына бола, жойбардың 17 мәўсими шыққан. 2025-жылы бағдарлама "Ең жақсы саяхат ҳәм басынан кеширген ўақыялар бағдарламасы" номинациясы бойынша «Daytime Emmy» сыйлығының жеңимпазы, 2026-жылы болса және усы сыйлыққа усыныс етилди.
“American Film Market”теги Өзбекстан миллий стенди Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Контент таярлаў орайы ҳәм Туризм комитети менен биргеликте Американың “Next Field International” компаниясының жәрдеминде шөлкемлестирилди.