2026-жыл 1-декабрьден баслап Ишки ислер министрлиги системасындағы 21-санлы жазаны орынлаў колониясы жанындағы Балалар үйи ҳәм 42-санлы мәкан-колониясы негизинде үш жасқа шекемги балалар ушын "Ана ҳәм бала орайы" Қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери (ҚМШБШ) шөлкемлестириледи.

ҚМШБШ хызметкерлерине мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди төлеў улыўма түрдеги МШБШ ушын белгиленген шәртлер тийкарында әмелге асырылады, сондай-ақ, олардың барлық хызметкерлерине лаўазымлық мийнет ҳақы ҳәм базалық тариф ставкаларына салыстырғанда айрықша мийнет шараятлары ушын 100 процент муғдарында айлық үстеме белгиленеди.

Арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 5 балаға шекем болған, күни-түни жумыс ислейтуғын топарлар шөлкемлестириледи. Балалардың жасаўы, медициналық хызметлерден пайдаланыўы, жасына сәйкес қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын барлық шараятлар жаратылады.

Судланған ҳаял-қызлардың ҳуқықларын толық әмелге асырыў ушын оларға жумыстан бос ўақытларында, соның ишинде, түнде үш жасқа шекемги перзентлери менен бирге жасаўы (турыўы) ушын шараятлар жаратылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 13.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».