Соның менен бирге, 2015-2025-жылларда туберкулёздан дүньяда өлимшилик 35 процентке, кеселлениў 14 процентке азайды. 2000-жылдан берли кеселликке қарсы көрилип атырған илажлар нәтийжесинде 86 миллионға шамалас адамның өмири сақлап қалынды.

Орайлық Азия мәмлекетлеринде де унамлы өсиў бақланбақта. Атап айтқанда, Өзбекстанда 2025-жылға барып туберкулёздан өлимшилик 2015-жылға салыстырғанда кеминде 75 процентке азайған.

Соның менен бирге, туберкулёз қоздырыўшысының дәри қуралларына шыдамлылығы аймақтағы әҳмийетли машқалалардан бири болып қалмақта. Әсиресе, бундай жағдайлардың жоқары үлеси Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азияда бақланбақта.

ЖДСШ ҳүкиметлерди ерте диагноз қойыў, нәтийжели емлеўден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў ҳәм профилактика илажларын күшейтиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда кеселликке қарсы гүресиўди жеделлестириўге шақырды.