Бул илаж Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 31-октябрьдеги 601-санлы қарарында нәзерде тутылған.
Энергетика министрлигинен мәлим етиўинше, жаңа тәртипке бола, тастыйықланған дизимге киргизилген шаңарақлар ҳәр айда 350 кВт/саатқа шекем электр энергиясын базалық тариф - 1 кВт/саат ушын 650 сумнан пайдаланыўы мүмкин болады.
Ҳәзирги ўақытта “Аймақлықгазтәмийнаты” акционерлик жәмийети тәрепинен қәлиплестирилген тийисли аймақлар дизими жергиликли ҳәкимликлерде келисиўден өткерилмекте. Бул дизимлер тастыйықланғаннан соң, биллинг системасына зәрүр мағлыўматларды киргизиў ушын "Аймақлық электр тармақлары" АЖға бериледи. Бул процессти 25-ноябрьге шекем жуўмақлаў режелестирилген.
Жаңа норманы қолланыў ушын халықтан арза бериў ямаса қосымша ҳүжжетлерди усыныў талап етилмейди. Сондай-ақ, газ ҳәм электр тәмийнаты шөлкемлерине мүрәжат етиў талап етилмейди. Арттырылған норма тастыйықланған дизимге киргизилген шаңарақларға автоматикалық түрде қолланылады.
Жаңа тәртип 1-ноябрьден күшке киргени себепли тийисли шаңарақлар тәрепинен ноябрь айында пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлер базалық 350 кВт/саат норманы есапқа алған ҳалда есапланады.
Мәселен, бир шаңарақ бир айда 300 кВт/саат электр энергиясын жумсаса, алдынғы норма бойынша төлем 220 мың сумды қураған болар еди. Жаңа норманы есапқа алғанда 195 мың сум болады. Нәтийжеде 25 мың сум үнемленеди.
Аймақлар ҳәм хожалықлар дизимин қәлиплестириў, биллинг системасына киргизиў ҳәм жаңа есап-санақларға өтиў Энергетика министрлиги, “Аймақлықгазтәмийнаты” АЖ, "Аймақлық электр тармақлары" АЖ ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен әмелге асырылмақта. Барлық зәрүрли тәртип-қағыйдалар тутыныўшылар тәрепинен қосымша мүрәжатлар ҳәм ҳүжжетлерсиз әмелге асырылады.