Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Оманниң «Voltamp Energy SAOG» компаниясы ҳәм жергиликли «UET Construction» компаниясы арасында Ферғана ўәлаятында қуўатлылығы 500 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясын қурыў жойбарын ислеп шығыў бойынша биргеликтеги келисимге қол қойылды.
Ҳүжжет жойбарды биргеликте ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўға таярлаўды нәзерде тутады. Жойбарды әмелге асырыў ушын 350 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей инвестициялар тартылыўы режелестирилген.
Станция иске қосылғаннан соң, жылына 1 миллиард кВт саатқа шамалас экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыўы күтилмекте. Бул ҳәр жылы 250 миллион куб метрге шекем тәбийғый газди үнемлеў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта «Voltamp Energy SAOG» компаниясының қәнигелери жойбар әмелге асырылыўы ушын ажыратылған аймақты үйренип, оның финанслық моделин ислеп шықпақта. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң, коммерциялық усыныс бериў режелестирилген.
Сондай-ақ, «Voltamp» компаниясы ҳәм «Texnokabel Group» арасында трансформаторлар ушын арнаўлы өткизгишлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды. Сондай-ақ, «Nura Group» пенен биргеликте Ташкент ўәлаятының Аҳангаран районында жоқары күшлениў трансформаторларын ислеп шығарыў бойынша жаңа завод қурыў режелестирилген.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы Өзбекстанда қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў, электротехника өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.