Жойбар шеңберинде илимий-изертлеў ҳәм сынаў лабораторияларын жайластырыў, заманагөй энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў режелестирилген. Бул аймақтың қурылыс материаллары ҳәм шийки затқа болған талабын тәмийинлеў, өнимлердиң сапасын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Зәрүр инфраструктура жаратыў, лабораторияларды иске қосыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Ушырасыўда Қытай инвесторларының қолайлы инвестициялық орталықты есапқа алған ҳалда ўәлаятта жаңа жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығы артып атырғаны атап өтилди.

Ўәлаят ҳәкими перспективалы басламаларды зәрүр дәрежеде қоллап-қуўатлаў, жойбардың тез пурсатта әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Жойбарды әмелий жақтан қоллап-қуўатлаўға тийисли структуралардың басшылары жуўапкер етип белгиленди.

Тәреплер қурылыс тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жойбарды әмелге асырыў бойынша келешектеги илажлар ҳаққында келисип алды.