“Germanwatch” ҳәм “NewClimate Institute” халықаралық аналитикалық шөлкемлери тәрепинен таярланған изертлеў нәтийжелери 2026-жыл ноябрь айында Түркияның Анталия қаласында БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы (COP31) тәреплериниң 31-конференциясы шеңберинде жәрияланған.

Климат өзгериўи нәтийжелилиги индекси мәмлекетлердиң климат өзгериўине қарсы гүресиў бағдарындағы ҳәрекетлерин еркин баҳалаўдың халықаралық қуралларынан бири болып есапланады. Рейтинг глобал көлемдеги ыссыхана газлериниң 90 проценттен асламы шығарылатуғын мәмлекетлерди қамтып алады.

Баҳалаў төрт тийкарғы бағдар бойынша әмелге асырылады: ыссыхана газлериниң шығарылыўы, қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў, энергия тутыныўы ҳәм мәмлекеттиң климат сиясаты.

Өзбекстанның соңғы жыллардағы ең жақсы нәтийжеси

Өзбекстан биринши мәрте “CCPI” рейтингине 2024-жылы кирип, 48-орынды ийеледи. 2025-жылы мәмлекет 54-орында, 2026-жылы 53-орында еди.

“CCPI 2027” нәтийжелери бойынша Өзбекстан 43-орынға көтерилип, рейтингте қатнасыўдың пүткил дәўиринде өз позициясының ең сезилерли жақсыланғанын көрсетти.

Усы тәризде, соңғы бир жылда мәмлекет бирден 10 текшеге көтерилди, қатнасыўдың биринши жылы менен салыстырғанда болса өз жағдайын бес пунктке жақсылады.

Климат реформаларының халықаралық тән алыныўы

Өзбекстанның позициясының жақсыланыўы қоршаған орталықты қорғаў, энергетикаға өтиў ҳәм ыссыхана газлериниң шығындыларын қысқартыў тараўындағы кең көлемли реформаларды избе-из әмелге асырыў шеңберинде жүз бермекте.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде климатқа байланыслы мәмлекетлик сиясаттың жаңа нызамшылық ҳәм институционаллық тийкары қәлиплестирилди.

Жаңаланған миллий дәрежедеги үлес (NDC 3.0) шеңберинде Өзбекстан 2035-жылға барып жалпы ишки өним бирлигине салыстырғанда ыссыхана газлериниң салыстырмалы шығындыларын 2010-жылғы дәрежеге салыстырғанда 50 процентке қысқартыў мақсетин белгилеп, климатқа байланыслы миннетлемелерин арттырды.

Соның менен бирге, қайта тиклениўши энергетика жедел раўажланбақта, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм заманагөй климатлық қаржыландырыў механизмлери енгизилмекте.

Метан шығындыларын қысқартыў, санаат ҳәм энергетиканың энергия нәтийжелилигин арттырыў, парник газлери шығындыларын мониторинг етиў, есап бериў ҳәм тастыйықлаў миллий системасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстанның “CCPI 2027”деги орнын жақсылаўы мәмлекеттеги климат өзгерислериниң унамлы пәтин сәўлелендиретуғын әҳмийетли халықаралық сигнал болып есапланады.

Соның менен бирге, мәмлекетлик климат сиясатының тийкарғы мақсети халықаралық рейтинглерде орын ийелеў емес, ал шығындыларды қысқартыў, турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыў бойынша анық ҳәм өлшенетуғын нәтийжелерге ерисиў болып қалмақта.

Өзбекстан климатқа байланыслы миллий миннетлемелерди избе-из әмелге асырыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм төмен углеродлы раўажланыўға инвестицияларды тартыўды даўам еттиреди.

Мағлыўмат ушын: “Climate Change Performance Index” (CCPI) – “Germanwatch” ҳәм “NewClimate Institute” тәрепинен халықаралық бирге ислесиўшилер менен биргеликте ҳәр жылы жәрияланатуғын халықаралық рейтинг. Ол климат сиясатының нәтийжелилигин ҳәм мәмлекетлердиң ыссыхана газлерин шығарыўды қысқартыў, қайта тикленетуғын энергетика ҳәм энергия тутыныўы бағдарындағы көрсеткишлериниң динамикасын баҳалайды.