Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ҳәм Оман Султанлығы арасында қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисим еки тәреплеме қатнасықларды принципиаллық жақтан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған болып, барлық бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыўды нәзерде тутады.
Мәресимде, сондай-ақ, өз-ара визаны бийкар етиў, санаат кооперациясы, экономика ҳәм қаржы, жеңиллетилген саўда, еркин экономикалық зоналар, бажыхана, транспорт ҳәм логистика, коммуникациялар ҳәм мәлимлеме технологиялары, турақ жай қурылысы ҳәм қала қурылысы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў, мийнет ҳәм инсан ресурслары, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт, басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызмет, архив иси ҳәм басқа да тараўларға байланыслы 30 дан аслам ҳүжжет алмасылды.