Энергетика министрлигинен мәлим етиўинше, станция Өзбекстан Бирден-бир электр энергетика системасына жалғанған ҳәм тармаққа электр энергиясын жеткерип бериўди баслаған.

Жойбардың баҳасы 500 миллион долларды қурайды. Электр станциясы заманагөй жоқары нәтийжели пуў-газ үскенелери менен тәмийинленген болып, жылына 4,4 млрд кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыўға мөлшерленген.

Оның жумысы нәтийжесинде жылына 500 миллион куб метрге шекем тәбийғый газ үнемлениўи күтилмекте.

Жаңа ыссылық электр станциясының иске қосылыўы мәмлекетимиздиң генерациялаў қуўатлылықларын арттырыў ҳәм тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў турақлылығын арттырыў имканиятын береди.