Сөйлесиўлер даўамында тәреплер жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, заманагөй технологияларды енгизиў, санлы инфраструктураны раўажландырыў ҳәм видеобақлаў системаларының техникалық имканиятларын жетилистириў мәселелерин додалады.

"Қәўипсиз қала" платформасының имканиятлары, жергиликли қәнигелер тәрепинен ислеп шығылған программалық өнимлер ҳәм сервер инфраструктурасына айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жәмийетлик қәўипсизлик тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў, заманагөй технологиялық шешимлерди ислеп шығыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған.