Соңғы жыллары Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында туризм инфраструктурасын раўажландырыў, тәбийғый имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй дем алыў орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усындай ири жойбарлардан бири Паркент районындағы "Алтын бел" комплекси болып, ол 2025-жылы әмелге асырылған «Kumushkon Resort» жойбарының даўамы болды.
Улыўма майданы 47 гектар болған комплекске дерлик 700 миллиард сум инвестиция қаратылған. Бул жерде заманагөй мийманханалар, шале усылындағы дем алыў үйлери, ресторанлар, спорт ҳәм кеўилашар объектлер қурылған.
Атап айтқанда, 5 қабатлы 4 мийманхана, жеке бассейнли 1 ҳәм 2 қабатлы 51 дем алыў үйи қурылды. Мийманханаларда ҳәр қыйлы категориядағы ханалар, майыплығы болған шахслар ушын шараятлар, спа-зоналар ҳәм басқа да хызмет көрсетиў инфраструктурасы объектлери бар.
Сондай-ақ, комплекс аймағында 350 ҳәм 700 орынлық ресторанлар, үш қабатлы фуд-корт, саўда шақапшалары, ашық ҳәм жабық спорт имаратлары, 2,2 мың квадрат метрлик аквапарк бар.
Мийманлардың мазмунлы дем алыўы ушын бул жерде ҳәр қыйлы кеўилашар инфраструктура да жаратылған. Атап айтқанда, 14 түрдеги аттракцион, 650 метр узынлықтағы зиплайн, гравитациялық картинг жоллары, роделбан, 800 орынлық амфитеатр, жасалма көл ҳәм ҳайўанат бағы қурылған. Буннан тысқары, 1 мың 100 автомобильге мөлшерленген тоқтаў орынлары шөлкемлестирилген.
Комплекстиң әҳмийетли тәреплеринен бири сонда, бул жерде туризм тараўы ушын маман кадрлар таярлаў системасы жолға қойылған. Оның ушын бул жерде оқыў орайы шөлкемлестирилип, мийманхана ҳәм ресторан хызметлери бойынша әмелий сабақлар өткериледи. Ҳәзирги ўақытта Туризм комитети тәрепинен Кумушқанның жумыссыз жасларын оқытыў шөлкемлестирилген. Жылдың ақырына шекем 300 қәнигени таярлаў режелестирилген.
Хызмет сапасын халықаралық дәрежеге алып шығыў мақсетинде мийманханаларды басқарыў Түркияның «Elite World» компаниясына тапсырылды. Мийманхана бизнеси тараўында 46 жыллық тәжирийбеге ийе бул компанияны тартыў заманагөй басқарыў стандартларын енгизиў, хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў имканиятын береди.
Есап-санақларға бола, комплекс толық иске қосылғаннан соң 600 жаңа жумыс орны жаратылады. Күнине 6 мыңға шекем зыяратшыны өткериў қуўатлылығы, жыллық дәраматы 200 миллиард сумға жетиўи күтилмекте.
Паркент районында туризм тараўының раўажланыўы бар имканиятлардан кеңирек пайдаланыўға тийкар жаратпақта. Усы жылдың өткен дәўиринде районға 198,2 мың сырт елли ҳәм 1,4 миллион жергиликли туристлер келген. Туризм хызметлериниң экспорты 81,1 миллион долларға жетти.
"Алтын бел" сыяқлы ири комплекслердиң шөлкемлестирилиўи Паркенттиң туристлик тартымлылығын арттырыў, туристлердиң аймақта болыў мүддетлерин көбейтиў, хызмет түрлерин көбейтиў ҳәм жергиликли халық ушын жаңа дәрамат дәреклерин жаратыўға хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы комплексте жаратылған шараятлар менен танысып, туристлик хызметлердиң сапасын арттырыў, бар инфраструктурадан нәтийжели пайдаланыў, ўәлаяттың туризм потенциалын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине итибар қаратты.
Усы жерде Президентимизге жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылып атырған заманагөй қурылыс материаллары көргизбеси де көрсетилди.