Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январьдағы "Өзбекстан Республикасының транспорт-логистика системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, пайтахтымызды Паркент районы менен байланыстыратуғын жаңа электрлестирилген темир жол қурылды. Усы жылдың сентябрь айынан баслап Ташкент – Паркент жөнелисинде электропоездлар қатнаўы жолға қойылды.
Жаңа темир жол жөнелиси пайтахтымыз ҳәм Паркент районы арасындағы транспорт байланысын беккемлеў менен бирге халықтың қатнаў имканиятын кеңейтеди, районның туристлик тартымлылығын арттырыў, исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўға хызмет етеди.
Жойбар шеңберинде 535,4 миллиард сум қаржы есабынан 24 километр узынлықтағы "Байтқорған – Паркент" электрлестирилген темир жол тармағы қурылды. 1 жаңа станция, 3 көпир, автомобиль жолы өткели, 77 суў өткериў имараты, 16 автомобиль ҳәм темир жол кесилиспелери қурылды.
Буннан тысқары, 24 километр узынлықтағы байланыс тармағы ҳәм электр жеткерип бериў тармағы қурылды. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 40 жаңа жумыс орны жаратылды.
Ташкент – Паркент жөнелисинде улыўма узынлығы 57,6 километр болған 6 вагонлы заманагөй "ЭП3Д" электропоезды ҳәрекетленбекте. Баҳасы 124 миллиард сум болған бул поезд 586 жолаўшыға мөлшерленген болып, саатына 120 километр тезликке шекем ҳәрекетлениў имканиятына ийе.
Электропоезд Ташкенттен Паркентке шекемги аралықты 1 саат 13 минутта басып өтеди. Жол кирейи баҳасы 10 мың сумды қурап, орташа таксиден 2,5 есеге арзан.
Жаңа жөнелис күнине 2 мыңға шекем, жылына 300 мыңға шекем жолаўшы тасыў имканиятына ийе.
Электропоезд жолаўшылары ушын заманагөй қолайлықлар жаратылған. Вагонлар климат-бақлаў системасы, қолайлы орынлықлар, қурылмаларды қуўатландырыў ушын USB портлар ҳәм бийпул Wi-Fi менен тәмийинленген.
Майыплығы болған шахслар ушын көтергишлер ҳәм орынлықлар шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, велосипедлерди тасыў ушын илдиргишлер, электрон мәлимлеме таблолары орнатылған. Қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде соқлығысыўда видеобақлаў ҳәм соққыны жутыў системалары нәзерде тутылған.
Сапар даўамында Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының экономикалық потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў мәселелерине итибар қаратты. Атап айтқанда, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы ҳәм қайта ислеў тармақларының потенциалын кеминде еки есеге арттырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа Паркент темир жол станциясын көзден өткерип, жуўапкерлерге темир жол инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў, вокзалларда хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, жолаўшыларға қолайлықларды кеңейтиў, тасыўлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, темир жолға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша тапсырмалар берди.