Форумда турақлы туризмди раўажландырыўдың халықаралық стандартлары, туризм аймақларын нәтийжели басқарыў, туризм тараўында инвестициялық қәўип-қәтерлерди азайтыў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў, климат өзгериўине бейимлесиў, туризм хызметлериниң сапасын арттырыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, халықаралық экспертлер тәрепинен туризмди турақлы раўажландырыўдың глобал стандартлары (GSTC), туристлик ағымларды басқарыў, туристлик аймақларға артықша жүктиң алдын алыў, инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў механизмлери бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелери таныстырылды.

Форум шеңберинде Өзбекстан делегациясының Азия раўажланыў банки ўәкиллери менен өз алдына жумысшы ушырасыўы болып өтти, онда туризм тараўындағы бирге ислесиўди әмелий жойбарлар тийкарында кеңейтиў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, Ферғана ойпатлығы ҳәм Ташкент ўәлаятында жайласқан мәмлекетлик шегара өткериў пунктлерин кеңейтиў ҳәм модернизациялаў, олардың инфраструктурасын жетилистириў, туристлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, бул бағдарда Азия раўажланыў банкиниң финанслық ҳәм техникалық жәрдемин тартыў имканиятлары көрип шығылды.

Соның менен бир қатарда, Орайлық Азия мәмлекетлерин халықаралық базарларда бирден-бир туризм мәканы сыпатында үгит-нәсиятлаў, соның ишинде, ири халықаралық туризм көргизбелери ҳәм ярмаркаларында бирден-бир регионаллық стенд пенен қатнасыўды шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Бул бағдарда биргеликтеги маркетинг илажларын өткериў ҳәм Азия раўажланыў банкиниң грант қаржыларын тартыў имканиятлары додаланды.

Өзбекстанның туристлик аймақларын комплексли раўажландырыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў, трансшегаралық туризм маршрутларын кеңейтиў, турақлы туризм принциплерин енгизиў, халықаралық финанс институтларының қатнасыўында әмелге асырылыўы мүмкин болған перспективалы инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Форум шеңберинде Азия раўажланыў банкиниң Орайлық ҳәм Батыс Азия департаменти регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграция бөлиминиң қәнигеси Лусия Мартин Касануэва менен ушырасыўда Азия раўажланыў банкиниң Орайлық Азия регионында, соның ишинде, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстанда әмелге асырылып атырған жойбарлары, олардың тийкарғы бағдарлары, регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат алысылды.

Буннан тысқары, Өзбекстанда туризм инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған жойбарларды қаржыландырыў, оларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў процесслерине техникалық жәрдемди тартыў мәселелери додаланды;

Австралияның «Perrottet Partners» компаниясының ўәкили Джон Перроттет пенен сөйлесиўде Өзбекстанның туризм тараўындағы инвестициялық имканиятлары, сырт ел инвесторларын тартыў ҳәм халықаралық талаплар тийкарында инвестициялық жойбарларды таярлаў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўлер ўақтында эксперт Өзбекстанға келиўге қызығыўшылық билдирди, 2027-жыл даўамында туризм тараўына инвестицияларды тартыўға бағышланған арнаўлы семинар шөлкемлестириў имканиятлары додаланды.

Ҳиндстанның «IPE Global» компаниясының туризм, мәдений мийрас ҳәм теңиз бойы аймақларын раўажландырыў бағдары бойынша үлкен менеджери Сакши Годара менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстанның туристлик аймақларын комплексли раўажландырыў, заманагөй мастер-реже ислеп шығыў, аймақлардың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, бул процесслерге халықаралық консалтинг компанияларының тәжирийбесин тартыў имканиятлары додаланды.