Атап айтқанда, тәреплер санлы егизеклер (Digital Twin) ҳәм кеңейтилген реаллық (XR) технологиялары тийкарында қурылған “LETAR” платформасының имканиятларын көрип шықты.
Көрсетилген қолланбалар оқыўшыларға санаат үскенелеринде ислеўди виртуал орталықта қәўипсиз өзлестириў, сондай-ақ, мектеп пәнлерин үш өлшемли интерактив модельлер жәрдеминде үйрениў имканиятын береди.
Ушырасыўда бағдарламаларды өзбек тилине аўдарыў, миллий оқыў бағдарламаларына сәйкеслендириў, педагогларды таярлаў, оқыўшылардың көнликпелерин баҳалаўға жумыс бериўшилерди тартыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, бир қатар билимлендириў мәкемелеринде жойбарларды сынақтан өткериў имканияты да көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бағдарламалар демоверсиясын экспертлик баҳалаў ҳәм тийисли усыныслар таярлаўға келисип алды.