Ҳүжжетте балаларды бир жыл даўамында мектепке таярлаў мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң басланғыш басқышы сыпатында киргизилиўи нәзерде тутылмақта. Бул илаж мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи арасындағы избе-изликти тәмийинлеў, миллий билимлендириў системасын халықаралық стандартларға бейимлестириўге қаратылған.

Нызам жойбары менен "Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында"ғы ҳәм "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте. Атап айтқанда, төмендегилер нәзерде тутылады:

мектепке мәжбүрий бир жыллық таярлықты улыўма орта билимлендириў системасына киргизиў;

бундай таярлықты мектепке шекемги ҳәм улыўма билим бериў шөлкемлеринде шөлкемлестириў;

ҳәр бир баланың мектепке бир жыллық таярлықтан өтиў ҳуқықын нызам менен беккемлеў.

Усынылып атырған өзгерислер балаларды мектепке таярлаў сапасын арттырыў, билимлендириў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм билим алыў ҳуқықының кепилликлерин кеңейтиў имканиятын беретуғыны күтилмекте.

Буннан тысқары, жаңалықлар Өзбекстан билимлендириў системасының халықаралық тән алыныўын арттырыўға ҳәм пуқаралардың сырт елде билим алыўын даўам еттириўинде қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Мәжилис жуўмағында депутатлар нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етти.