Сөйлесиўде тәреплер темир жол тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, еки мәмлекет арасында жүк тасыў көлемин арттырыў мәселелерин додалады. Усы жылы өз-ара жүк тасыў сезилерли дәрежеде өскени айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң бир қатар бағдарлары бойынша келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, тәреплер:

Наибад станциясын раўажландырыў бойынша жумысларды белгиленген мүддетлерде жуўмақласын;

"Ҳайратон - Мозори Шариф" жөнелиси бойынша жүклерди темир жол арқалы тасыўды жолға қойыў;

поездлардың суткалық улыўма айланысын арттырыў;

темир жол тараўында аўғанстанлы қәнигелерди таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў.

Ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында транспорт-логистика имканиятларын кеңейтиў, жүк тасыўды көбейтиў ҳәм темир жол тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған.