Сөйлесиўлер ўақтында транспорт тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, ерисилген нәтийжелер ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары додаланды.

Атап айтқанда, Оман тәрепи Өзбекстан менен транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди. Өз-ара саўда көлемин арттырыў ушын еки мәмлекет арасындағы авиақатнаўлардың санын көбейтиў, жаңа авиамаршрутларды ашыў, сондай-ақ, жүк авиақатнаўларынан және де жедел пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, тәреплер бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын кеңейтиў, соның ишинде, жаңа шәртнама ҳәм келисимлерди ислеп шығыў ҳәм қол қойыў, өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын көрип шықты.

Оман тәрепи Өзбекстан менен саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, Өзбекстан базарындағы қатнасықты кеңейтиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын бар имканиятлардан пайдаланыўдан мәпдар екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер транспорт ҳәм логистика тараўларында шерикликти раўажландырыў, жаңа басламаларды әмелге асырыў ҳәм еки тәреплеме байланысларды беккемлеў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алды.