Ушырасыў даўамында тәреплер Өзбекстанның туризм тараўына инвестицияларды тартыў перспективаларын додалады. Атап айтқанда, мәмлекетимиз аймақларында заманагөй мийманханалар, халықаралық дәрежедеги курорт комплекслери, рекреация объектлерин қурыў, туризм инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери додаланды.
Медициналық ҳәм саламатландырыў туризмин раўажландырыў, соның ишинде, минерал ҳәм термал дәреклерге ийе аймақларда заманагөй саламатландырыў комплекслерин шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қатар компаниясының ўәкили Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, 2017-жылдағы биринши сапарынан берли мәмлекетимизде туризм инфраструктурасы, мийманхана ҳәм ресторан хызметин көрсетиў, транспорт системасы, инвестициялық орталықты раўажландырыў бағдарында үлкен өзгерислер жүз бергенин атап өтти.
Тәреплер перспективалы туризм жойбарларын таңлап алыў, биргеликте мастер-реже ислеп шығыў, қаржыландырыў механизмлерин үйрениў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алды. Буннан тысқары, Амир Али Салимий Заде жойбарларға Қатардың басқа да ири инвестициялық компаниялары ҳәм халықаралық шериклерди тартыўға жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында компания ўәкиллери 2026-жыл 25-27-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын 31-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы ҳәм Биринши халықаралық туризм инвестиция форумында қатнасыўға мирәт етилди.