Бул ҳаққында “NASA” бақлаўына тийкарланып "РБК-Украина" хабар бермекте.
Не ушын астероид қәўипсиз емес деп есапланады?
“1999 AN10” астероидиниң диаметри 800 метрден 1800 метрге шекем болады.
Ол 2027-жыл 7-август күни Жер жүзилик координаталасқан ўақыт (UTC) бойынша 7:12 де Жердиң қасынан 389 855 км аралықта ушып өтеди.
“NASA” астероидты үлкен өлшемлери ҳәм Жер орбитасына 0,05 астрономиялық бирликтен аз аралыққа жақынласыўы мүмкиншилиги менен қәўипли астероидлар қатарына киргизген.
Бундай статус соқлығысыўдың жүз бериўи мүмкин ямаса мүмкин дегенди анлатпайды. Ол тек ғана денениң жетерли дәрежеде үлкен екенлигин ҳәм планетамыздың қасында ушып өте алатуғынлығын, сонлықтан оның қозғалысын бақлап барыў кереклигин көрсетеди. Енди “1999 AN10”ның Жер менен соқлығысыўы итималлығы нольге тең.
Астероидлардың жақын аралықта ушыўы себепли түнги аспанда әдеттеги дурбин жәрдеминде де көриў мүмкин. Максимал жақынласқанда ол аспанның Бузаў, Қой, Балық ҳәм Пегас жулдыз топарлары жанындағы бөлиминде болады.