Бул ҳаққында “Anadolu”ға тийкарланып “Kazinform” хабар бермекте.
ЖДСШ ўәкили Мег Доэрти Женевадағы баспасөз әнжуманында мәлим еткениндей, өткен ҳәптеде изертлеўлердиң екинши басқышын өткериўге руқсат алынған. Сынақлар 26 ямаса 27-ноябрьде Буния қаласында басланыўы режелестирилген.
Препаратлардан бири “ChAdOx1” Оксфорд университети тәрепинен Ҳиндстан сывороткалар институты (Serum Institute of India) менен биргеликте ислеп шығылған. Екинши вакцинаны Американың “Moderna” компаниясы жаратты.
Жаңа басқышта илимпазлар препаратлардың қәўипсизлигин ҳәм олардың иммун жуўабын келтирип шығарыў қәбилетин тексереди. Белгиленген талапларға жуўап беретуғын вакциналар нәтийжелилигин баҳалаў ушын үшинши басқышқа киргизиледи.
“Tumani” клиникалық тексериўи 23-октябрь күни басланды. ЖДСШ мағлыўматларына бола, онда ҳәзирги ўақытта 140 тан аслам кеўиллилер қатнаспақта. Келешекте қосымша изертлеў майданларын ашыў ҳәм мобил медицина топарларын тартыў есабынан қатнасыўшылардың саны бир неше мыңға жетиўи мүмкин.
ЖДСШ бас директоры Тедрос Адханом Гебреесус кеселликтиң ҳәўиж алыўы даўам етип атырған бир шараятта жаңа вакциналарды ислеп шығыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Ол келтирип өткен мағлыўматларға бола, дизимге алынған инфекция жуқтырғанлар саны 11 мың 300 ден, қайтыс болғанлар саны болса 5 мың 500 ден асты. Ҳәр ҳәптеде 400 ден 500 ге шекем жаңа жағдай анықланбақта.
Сондай-ақ, ЖДСШ басшысы инфекция тарқалыўына қарсы гүресиўди қыйынластырып атырған медицина хызметкерлерине ҳүжимлер ҳәм наўқасларды анықлаўдың кешигиўинен қәўетерленип атырғанын билдирди.
Бурынырақ Уганда ҳәм Руанда Конго Демократиялық Республикасындағы Эбола эпидемиясы фонында биргеликтеги шынығыўлар өткериўи хабар етилген еди.