Шөлкемниң есап-санақларына бола, 11-17 жастағы 240 миллионға шамалас жас өспирим ямаса ҳәр төрттен бир адам изертлеўге тартылған ҳәптениң жети күниниң биринде де жетерли дәрежеде физикалық белсендиликке ийе болмаған. Бул олардың ҳеш бир орнынан қозғалмады деген сөз емес. Гәп олардың ҳәр күни жедел ҳәрекетке ажыратқан улыўма ўақыты ҳаққында бармақта.

Бунда тек 14% жас өспиримлер ҳәпте даўамында ҳәр күни кеминде 60 минут физикалық актив болған.

Бул не ушын зәрүр?

Турақлы физикалық белсендилик сүйек ҳәм булшық етлердиң раўажланыўына жәрдем береди, жүрек-қан тамыр системасының саламатлығын қоллап-қуўатлайды, сондай-ақ, ақыл-ой, билим алыў ҳәм руўхый саламатлыққа унамлы тәсир көрсетеди.

ЖДСШ 5-17 жаслы балалар ҳәм жас өспиримлерге төмендегилерди усыныс етеди:

күни менен орташа ямаса жоқары дәрежедеги физикалық ҳәрекетке кеминде 60 минут ўақыт ажыратыў;

жүрек соғыўы ҳәм дем алыўды тезлестириўши аэроб шынығыўларға үстинлик бериў;

ҳәптесине кеминде үш күн булшық ет ҳәм сүйеклерди беккемлеў ушын шынығыўлар орынлаў.