Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, поездлар ҳәптесине бир мәрте төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди:

150-санлы Ташкент-Астрахан:

17-декабрьден баслап поезд "Ташкент-Орайлық" (Ташкент-Арқа) вокзалынан ҳәр пийшемби күни саат 18:00 де жолға шығып, шемби күни саат 19:00 де Астраханға жетип барады.

149-санлы Астрахан-Ташкент:

20-декабрьден баслап поезд ҳәр екшемби күни саат 02:01 де Астраханнан жөнеп, сийшемби күни саат 04:35 те "Ташкент-Орайлық" (Ташкент-Арқа) вокзалына жетип келеди.

Жолаўшы билетлериниң саўдасы поездтың жөнеп кетиўинен 45 күн алдын ашылады.