Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасында транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, халықаралық жүк тасыў көлемин арттырыў, тасыў қәрежетлери ҳәм әмелдеги жыйымларды азайтыў, жүк тасыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мәселелери додаланды.

Буннан тысқары, автомобиль ҳәм темир жол транспорты, авиация тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм Иран портларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Тәреплер халықаралық тасыўлар процесинде бар тосқынлық ҳәм машқалаларды сапластырыў, тасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, транспорт тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша бир қатар келисимлерге еристи.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде еки мәмлекет транспорт министрлериниң орынбасарлары басшылығында биргеликтеги жумысшы топар дүзиўге келисип алынды.

Бул жумысшы топар халықаралық жүк тасыўлар менен байланыслы мәселелерди жедел шешиў, бар тосқынлықларды сапластырыў ҳәм келисилген басламаларды әмелге асырыў бойынша әмелий илажларды муўапықластырады.