Атмосфера ҳаўасының патасланыўы пүткил дүньяда инсан саламатлығы ушын тийкарғы экологиялық қәўип екенлиги дәлилленген. Ол жүрек-қан тамыр ҳәм өкпе кеселликлери, соның ишинде, жүрек ишемик кеселлиги, инсульт, астма, өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги ҳәм деменция санының артыўы менен байланыслы, деп жазады «vokrugsveta.ru».

Қалаберди, бул машқала үлкен урбанизация, жедел экономикалық раўажланыў, автомобильлер ҳәм басқа да транспорт қураллары санының өсиўи шараятында көбинесе ҳаўаның сапасы төменлеп атырған, дәрамат дәрежеси төмен ҳәм орташа болған мәмлекетлерге көбирек тәсир етеди.

2021-жылы ЖДСШ бир қатар патасландырыўшы елементлер, соның ишинде, майда дисперсли бөлекшелер (PM2.5) ҳәм азот диоксиди (NO2) ушын жаңа шекленген муғдарларды белгиледи.

PM2.5  — диаметри 2,5 микрон ҳәм оннан киши болған қатты бөлекшелер болып, олар сондай майда, дем алғанда өкпеге терең кирип барыўы мүмкин. Бундай бөлекшелердиң дереги транспорт қураллары, электр станциялары, санаат процеслери, отын менен ислейтуғын печь ҳәм каминлер, қурылыс шаңлары есапланады. Буннан басқа, олар атмосферада басқа патасландырыўшылар - күкирт оксиди, азот оксидлери қатнасыўында жүз беретуғын қурамалы химиялық реакциялар нәтийжесинде пайда болады.

Азот диоксиди қазылма жанылғыларды жағыўда пайда болатуғын тийкарғы патасландырыўшылардан бири. Ол автомобильлердиң (әсиресе, дизель двигательлериндеги) шығындылары, санаат шығындылары қурамында болады, газ плиталары ҳәм ысытқышлардан пайдаланылғанда ажыралып шығады.

"Environment International" журналында мақаласы басып шығарылған изертлеўшилер дүньяның 136 төмен ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлери ҳаққындағы мағлыўматларды таллады. Илимпазлар ҳаўаның патасланыўы, халықтың саны ҳәм денсаўлығының жағдайы ҳаққындағы толық мағлыўматларды қоршаған орталықтың патасланыўы, кеселлик ҳәм өлим арасындағы байланыслылыққа бағышланған илимий изертлеўлердиң нәтийжелери менен бирлестирди.

Компьютерде моделлестириў жәрдеминде изертлеўшилер белгили бир патасландырыўшы елементлердиң концентрациясы ЖДСШ тәрепинен усыныс етилген дәрежеге шекем төменлесе, өлимшилик ҳәм жаңа кеселлик жағдайларының саны қалай өзгериўи мүмкин екенлигин баҳалады.

Нәтийжелерге бола, PM2.5 ушын ЖДСШ усыныс еткен шеклерге ерисиў жылына дерлик 9,4 миллион, азот диоксиди ушын болса 1,1 миллион өлимниң алдын алыў ямаса кешиктириў имканиятын береди.

Соның менен бирге, онша қатаң болмаған аралық мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўы да халықтың саламатлығы ушын үлкен пайда келтиреди: PM2.5 тәсири менен байланыслы өлимлер саны шама менен 6,6 миллионға, азот диоксиди менен байланыслы өлимлер саны болса 435 мыңға қысқарыўы мүмкин.

Ҳаўаны тазалаўдан келетуғын пайда тек ғана өлимшиликтиң алдын алыў менен шекленбейди, деди илимпазлар. Изертлеўшилердиң есап-санақларына бола, усыныс етилген PM2.5 дәрежесине ерисиў жылына өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги жаңа жағдайларын 2,8 миллионға, деменцияны 1,1 миллионға, жүрек ишемик кеселлигин 7,3 миллионға ҳәм инсультты 2,3 миллионға азайтыўға алып келиўи мүмкин.