1451-жылы шөлкемлестирилген Глазго университети Уллы Британиядағы ең әйемги жоқары оқыў орынларынан бири болып, мәмлекеттиң жетекши изертлеў университетлерин бирлестирген абырайлы «Russell Group» топарының бир бөлеги есапланады. «QS World University Rankings 2027» рейтингине бола, дүньяда 80-орында, деп жазады "Дунё" МА.

Глазго университетиниң ректоры Энди Шофилд пенен сөйлесиўлерде тийкарғы итибар еки тәреплеме академиялық шерикликти раўажландырыў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў имканиятларына қаратылды.

Уллы Британия университетиниң басшылары Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди. Атап айтқанда, халықаралық ҳуқық, саўда, экономика тараўларында биргеликтеги изертлеў басламаларын әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) ағза болыўы мәселелерин үйрениўге таярлық билдирилди.

1583-жылы шөлкемлестирилген Эдинбург университети де дүньядағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери қатарына киреди. «QS World University Rankings 2027» рейтингинде 35-орында.

Эдинбург университетиниң проректоры Алан Маккей менен ушырасыўда жоқары билимлендириў, илим ҳәм исбилерменлик тараўларында әмелий бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Эдинбург университетиниң Бизнес мектеби Өзбекстанның жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўге айрықша қызығыўшылық билдирди. Атап айтқанда, исбилерменлик компетенцияларын раўажландырыў ҳәм тараў қәнигелерин таярлаўға қаратылған қоспа билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ҳаққында сөз болды.

Сондай-ақ, Эдинбург университетинде билим алып атырған өзбекстанлы студентлер менен ушырасыў сапар етиўдиң әҳмийетли бөлеги болды. Сөйлесиў даўамында жас ўатанласларымызды оқытыў, академиялық мобильлик ҳәм олардың келешектеги кәсиплик раўажланыўы бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарларын белгилеп алды.

Атап айтқанда, STEM-пәнлер, юриспруденция, инженерлик, медицина, ветеринария, биотехнологиялар, финанслық технологиялар ҳәм жасалма интеллект сыяқлы бағдарларда қоспа билимлендириў бағдарламалары, қоспа диплом бериў ҳәм академиялық мобиллик жойбарларын ислеп шығыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Буннан тысқары, биргеликтеги илимий изертлеўлерди, бәринен бурын, медицина технологиялары ҳәм биомедицинаны раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў режелестирилген.

Турақлы раўажланыў, қала қурылысы, инженерлик ҳәм әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиў мәселелериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў және бир тийкарғы бағдар болады.

Ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Шотландия жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды раўажландырыўға қосымша түртки бериўи, академиялық тәжирийбе алмасыў, алдыңғы илимий қолланбаларды енгизиў, еки мәмлекет студентлери ҳәм изертлеўшилери ушын имканиятларды кеңейтиўге хызмет етиўи күтилмекте.