Мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў, хызметлер экспортын кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Ташкент ўәлаяты, әсиресе, таўлы аймақлардың тәбийғый имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 30-апрельдеги "Аймақларда туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ҳәм тараўда жойбарлаў басқарыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, орынларда заманагөй туристлик комплекслер шөлкемлестирилмекте.
"Silver Valley" шаңарақлық дем алыў комплекси усындай жойбарлардан бири болып есапланады. Ол тәбиятта мазмунлы дем алыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм аймақтың туристлик тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Улыўма баҳасы 148,5 миллиард сум болған комплекс 29,5 гектар майданда жайласқан. Жойбар шеңберинде 200 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.
Бул жерде улыўма 120 орынлық shale усылындағы 12 турақ жай, заманагөй мийман қабыллаў имараты, 300 орынлық ресторан, 200 орынлық 12 қара үй рестораны, 100 орынлық кафе-терраса, 4 спа-комплекс қурылған.
Дем алыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын сейил етиў аллеясы, воркаут зоналары, зиплайн ҳәм тюбинг аттракционлары, жазғы кинотеатр, 10 аттракционлы кеўил ашар орын шөлкемлестирилген.
Комплекс толық иске қосылғаннан соң, күнине 2 мың 700 ге шекем мийманларды қабыллаў имканиятына ийе болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жаратылған шараятлар, әмелге асырылған қурылыс жумыслары менен танысып, туристлерге жергиликли өнимлерден пайдаланған ҳалда хызмет көрсетиў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, бундай объектлерди мәмлекетимиздиң басқа таўлы аймақларында да көбейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Президентимиз халық пенен сәўбетте адамлардың турмыс дәрежеси артқан сайын сапалы дем алыўға зәрүрлиги де артып атырғанына итибар қаратты.
- Халықтың дәраматы көбейип, турмыс шараяты жақсыланған сайын адамлар қолайлы дем алыў орынларын излейди. Паркентте де сондай шараят жаратып берсек, шаңарақлар перзентлери менен келеди. Бундай туристлик комплекслерди жылдан-жылға көбейтип барсақ, тек ғана Ташкент қаласынан емес, ал республикамыздың барлық аймақларынан адамлар келеди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап өтилгениндей, бундай жойбарлар тек ғана туризмди раўажландырыў емес, ал халықтың дем алыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли исбилерменликти кеңейтиўге хызмет етеди.
Президентимиз мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан тийкарғы мақсет инсан мәплерин тәмийинлеў, адамлардың өз турмысынан разылығын арттырыў екенин атап өтти.
- Бүгин Паркентке келиўимнен мақсет – усы аймақтың имканиятларын және де кеңейтиў, халықтың өзгерислерге исенимин арттырыў. Барлық ҳәрекетлеримиз ҳәр бир инсан өз турмысынан разы болыўына қаратылған,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сондай-ақ, ерисилген жетискенликлер менен шекленип қалмастан, жаңа басламаларды әмелге асырыў, белгиленген режелердиң орынланыўына адамлардың исенимин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қосымша хызметлерди көбейтиў, туристлердиң ўәлаятта болыў мүддетин көбейтиў, бар инфраструктурадан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.