Ушырасыў компания директорлар кеңесиниң баслығы Кейджи Масуи менен болып өтти. Тәреплер регионда тоқымашылық санаатын раўажландырыў, япон технологиялары ҳәм сапа стандартларын енгизиў, жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў мәселелерин додалады.

«Masui Holdings» компаниясының арнаўлы түрдеги ийирилген жип ислеп шығарыў бағдарындағы тәжирийбесин есапқа алып, Япония тәрепине Ташкент ўәлаятында усындай өнимлерди ислеп шығарыўға ҳәм бояўға қәнигелескен қоспа кәрхана шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыў, таяр өнимлерди Япония ҳәм Қытайға жеткерип бериў имканиятларына айрықша итибар қаратылды.

Жергиликли кадрларды таярлаў мәселеси де додаланды. Атап айтқанда, ўәлаяттағы тоқымашылық кәрханаларының технолог ҳәм сапа қадағалаўшы қәнигелери ушын Осака қаласында Японияның сапа стандартлары бойынша еки ҳәптелик оқыў шөлкемлестириў усыныс етилди.

Япониялы экспертлердиң қатнасыўында региондағы перспективалы кәрханаларды аудиттен өткериў бирге ислесиўдиң және бир бағдары болыўы мүмкин. Оның нәтийжелери бойынша өндирислик имканиятларды анықлаў ҳәм 2027-жылдың биринши шерегинде Япония базары ушын 2-3 түрдеги өнимлердиң сынаў партияларын ислеп шығарыў режелестирилген.

Ташкент ўәлаяты бул басламаларды әмелге асырыўда шөлкемлестириўшилик жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди. Атап айтқанда, қоспа кәрхана ушын жер майданы ҳәм жергиликли шериклерди таңлаў, шийки зат жеткерип бериўди жолға қойыў, қәнигелерди таңлаў ҳәм япониялы экспертлердиң сапарларын шөлкемлестириў ҳаққында сөз бармақта.