Илажда Оман Султанлығы Бас министриниң орынбасары Зеязин бин Ҳайсам Ол Саид, ҳүкимет ағзалары, еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары, қаржы институтларының басшылары ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид пенен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм олардың жуўмағында ерисилген келисимлер еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Усы жылы өз-ара саўда көлеми сезилерли дәрежеде өскени атап өтилди. Бирақ еки мәмлекеттиң бар экономикалық потенциалы еле толық иске қосылмаған. Усы мүнәсибет пенен келешекте товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Сапар етиў шеңберинде улыўма баҳасы 5 миллиард долларлық анық биргеликтеги жойбарлар портфели қәлиплестирилди. Өзбекстан Президенти ерисилген келисимлердиң саны емес, ал олардың әмелий нәтийжелери тийкарғы әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, заманагөй қала қурылысы ҳәм туризм, минерал ресурсларды өзлестириў, қаржы ҳәм санлы технологиялар сыяқлы бирге ислесиўдиң бес тийкарғы бағдары усыныс етилди.
Атап айтқанда, электротехника тараўында Оман компаниялары менен биргеликте кабель ҳәм трансформатор өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм кейин ала қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша келисимге ерисилгени атап өтилди.
Транспорт-логистика тараўында Оман теңиз портларының имканиятлары ҳәм Өзбекстанның Орайлық Азиядағы стратегиялық потенциалын бирлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Сохар қаласында логистика инфраструктурасын жаратыў, бирден-бир саўда-логистика платформасын қәлиплестириў, авиақатнаўларды көбейтиў ҳәм жүк рейслерин жолға қойыў усыныс етилди.
Жаңа Ташкент жойбарында Оман инвесторларының қатнасыўы жоқары баҳаланды. Жаңа қалада қурылатуғын "Маскат" мәҳәллеси халықларымыз дослығының айқын белгиси болатуғынына исеним билдирилди.
Химия санааты, геология-излеў ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеў тараўларында биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ислеп шығылғаны атап өтилди.
Қаржы ҳәм санлы технологиялар тараўындағы әмелий бирге ислесиў де кеңеймекте. Соның ишинде, жасалма жолдасларды ушырыў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиз Оман исбилерменлерин Өзбекстандағы перспективалы жойбарларда белсене қатнасыўға шақырды, ҳәр бир инвестор ушын қолайлы шараятлар ҳәм исенимли орталық жаратыў, биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.
Соның менен бирге, Оманда исбилерменлик ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын жаратылған кең имканиятлар жоқары баҳаланды. Өзбекстан компанияларына усы мәмлекет базарына жедел кирип барыў усыныс етилди.
Форум еки мәмлекет арасындағы экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти жаңа әмелий мазмун менен байытыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.