Мәмлекетимиз басшысы Масқат қаласына сапары даўамында Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид пенен тарийхый сөйлесиўлер, усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен нәтийжели ушырасыўлар өткерди.
Саммит шеңберинде Стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисим қабыл етилди. Буннан тысқары, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, туризм, илим ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге қаратылған 30 дан аслам ҳүжжетке қол қойылды.
Экономика тараўында 5 миллиард долларлық жойбарлар қәлиплестирилген.
Илажлар жуўмағында жоқары мәртебели мийманды Масқат халықаралық аэропортында Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.