Баҳодир Қурбонов қатнасыўшылардың итибарын террористлик ҳәм экстремистлик шөлкемлер өз идеологиясын тарқатыў, жәмлеў, қаржыландырыў, терактларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўда санлы технологиялардан жедел пайдаланып атырғанына қаратты.
"Тек ғана 2026-жылдың өзинде бизлер тәрепинен экстремизм ҳәм терроршылық характерине ийе болған 49 мыңнан аслам интернет-ресурслар анықланған, бул болса 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 14 процентке көп (43 мыңға шамалас). Бундай тенденция глобал тармақтан радикал нарративлерди үгит-нәсиятлаў ушын пайдаланыў күшейип атырғанынан айқын дәрек береди", - деди Хызмет баслығы.
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басшысы экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша 2021-2026-жылларға мөлшерленген Миллий стратегияны әмелге асырыў шеңберинде уйымлараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиў механизмлери жетилискенин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери халықаралық рейтинглерде өз көринисин тапты. Мәселен, 2026-жыл ушын Глобал терроризм индексинде Өзбекстан 96-орынды ийелеп (терроризм тәсири төмен), бул иллетке қарсы гүресиўде миллий көзқарастың нәтийжелилигин көрсетти.
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде санлы трансформация дәўиринде қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, санлы орталықта террористлердиң жумысының жаңа түрлери ҳәм усылларын анықлаў, сондай-ақ, жасалма интеллекттен терроршылық мақсетлеринде пайдаланыўдың алдын алыў мәселелерин көрсетип өтти.
Баянат жуўмағында усы Сөйлесиўди өткериўдиң әҳмийетлилиги ҳәм зәрүрлиги атап өтилди, оның шеңберинде қатнасыўшылар қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерди додалайды, халықаралық ҳәм регионаллық дәрежедеги бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бирлескен илажларды ислеп шығады.