Биринши ханымлар қырғыз халық өнерментшилиги шеберлериниң дөретиўшилик
жумыслары көргизбеси менен танысты.
Буннан соң "Салбуурун" миллий федерациясы ўәкиллери мийманларға
қырғыз тайганларын ҳәм қолға үйретилген бүркитлерди көрсетти, сондай-ақ,
аңшылықтың әййемги дәстүрлери ҳаққында айтып берди.
Илаж соңында "Энесай" қабыллаў үйинде Қырғызстан балалар музыка
ҳәм аяқ ойын жәмәәтлериниң концерти жоқары мәртебели мийманлардың итибарына
усынылды.