ШБШ секретариатының мағлыўматына бола, ҳүжжетке шөлкемниң бас хаткери
Нурлан Ермекбаев ҳәм Лаос Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри
Тхонгсаван Фомвихан қол қойды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Мәресим алдынан еки тәреплеме ушырасыў болып өтти, онда Нурлан Ермекбаев
Лаос тәрепин жаңа статус рәсмийлестирилгени менен қутлықлады ҳәм Вьентьян
шөлкемниң көп қырлы күн тәртибин әмелге асырыўда белсене қатнасатуғынына исеним
билдирди. Бас хаткер, сондай-ақ, сөйлесиўшиге ШБШ жумысының әҳмийетли мәселелери
ҳәм шөлкемниң Бишкекте болажақ саммитине таярлық ҳаққында мағлыўмат берди.
Лаос сыртқы ислер
министри, өз гезегинде, ШБШның халықаралық майдандағы ролин жоқары баҳалап,
оның мәмлекети шөлкем шеңбериндеги бирге ислесиўге үлкен әҳмийет қарататуғынын
атап өтти. Тәреплер қол қойылған меморандумды әмелге асырыў бойынша әмелий
қәдемлерди ҳәм ШБШ ҳәм АСЕАН арасындағы бирге ислесиў мәселелерин де додалады.
Мәресимде ШБШға
ағза мәмлекетлердиң Шөлкем секретариаты жанындағы турақлы ўәкиллери, Қытайда
аккредитациядан өткен елшилер ҳәм ағза мәмлекетлердиң дипломатиялық
ўәкилханалары, сөйлесиў бойынша шериклер қатнасты.
Атап өтиў керек,
бүгинги күнде ШБШға ағза мәмлекетлер - Беларусь, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан,
Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан болып есапланады.
Лаос қосылғаннан
кейин ШБШның сөйлесиў бойынша шериклериниң саны он беске жетти. Олардың
қатарына Әзербайжан, Армения, Бахрейн, Египет, Камбоджа, Қатар, Кувейт, Лаос,
Мальдив, Мьянма, Непал, Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Шри-Ланка
ҳәм Түркия киреди.