Мәжилис даўамында ШБШ мәмлекетлериниң энергетика тараўындағы бирге
ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў,
ресурс үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў, қайта тиклениўши энергия
дәреклеринен пайдаланыў, кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.
Мәжилисте шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы энергетика министри
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тянцзин қаласында болып
өткен ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң саммитинде алға қойылған ШБШға ағза
мәмлекетлердиң Энергетика консорциумын шөлкемлестириў басламасын айрықша атап
өтти.
Бул баслама
шеңберинде ШБШға ағза мәмлекетлердиң Энергетика консорциумын шөлкемлестириў
концепциясының жойбары таныстырылды.
Консорциум
биргеликтеги басламаларды муўапықластырыў, энергетика қәўипсизлигин беккемлеў
ҳәм энергетика тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын ашық ҳәм әмелий
бағдарланған механизмге айланатуғыны атап өтилди.
Додалаў
жуўмағында бул ҳүжжетти биргеликте ислеп шығыў ҳәм таярлаў бойынша келисимге
ерисилди.
Буннан тысқары,
Қырғызстан тәрепиниң басламасы менен Бишкек қаласында ШБШ мәмлекетлери ушын
энергияны үнемлейтуғын ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологияларды енгизиў
бойынша Регионаллық орайды шөлкемлестириў усыныс етилди.
Қатнасыўшылар
регионның гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, энергетикалық
қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм турақлы энергетикалық раўажланыўға жәрдемлесиў
мәселелерине айрықша итибар қаратты.