Форумда Өзбекстаннан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң
орынбасары Хуррам Тешабаев басшылығындағы делегация қатнасты.
Жалпы мәжилисте шығып сөйлеген Өзбекстан делегациясының басшысы елимизде
әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар халықаралық шериклер ушын кең
имканиятлар ашып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, ШБШ мәканында
транспорт-логистика өз-ара байланыслылығы, санластырыў ҳәм санаат кооперациясын
буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Форум шеңберинде
қатнасыўшылар жасалма интеллект, электрон коммерция, "жасыл"
трансформация ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў
перспективаларын додалады.
Илаж жуўмағында
ШБШ мәмлекетлери инвестициялық агентликлериниң турақлы бирге ислесиў майданын
шөлкемлестириў ҳаққындағы биргеликтеги резолюцияға қол қойылды. Буннан тысқары,
санаат, инфраструктура ҳәм санлы технологиялар тараўларында улыўма баҳасы 150
миллион долларлық 12 келисимге қол қойылды. Тәреплер инвестициялық бирге
ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин тастыйықлады.