Геология, химия ҳәм таў-кән санааты, энергетика, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм фармацевтика тармақларында өз-ара саўданы кеңейтиў, инвестициялар тартыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў мәселелери додаланды.
Еки мәмлекетте қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, заманагөй технологияларды енгизиў, экспорт жеткерип бериўди кеңейтиў ҳәм транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди таярлаў, логистика қуўатлықларын ҳәм жүк тасыўларды раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында перспективалы инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда келисимлериниң салмақлы портфели қәлиплестирилди.