Форум қатнасыўшыларына Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Оман саўда, санаат ҳәм инвестицияларға жәрдемлесиў министри Анвар бин Ҳилол Ал Жабрий шығып сөйледи.

Өз-ара саўданы кеңейтиў, инвестициялар тартыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў, ерисилген келисимлерден анық жойбарларға өтиў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

Инвестициялар, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық, қаржыландырыў ҳәм мәлимлеме технологиялары, қурылыс ҳәм өндирис бойынша панель сессиялары өткерилди. В2В ҳәм G2B ушырасыўлары өткерилди.

Бизнес-форум жуўмағында энергетика, санаат, транспорт ҳәм логистика, қаржы, аўыл хожалығы ҳәм технологиялар тараўларында салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды.