Жаңаланған пункт арқалы пуқараларды өткериў саат 16:00 де басланады. Буннан алдын Өзбекстан ҳәм Қазақстан делегацияларының қатнасыўында рәсмий ашылыў мәресими болып өтеди.
Жаңа өткериў қуўатлылықлары
Өзбекстан тәрепи бир суткада 50 мыңға шекем халыққа ҳәм 1 мың 500 жеңил автомобильге хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады.
Қазақстан тәрепи - суткасына 70 мыңға шекем адам ҳәм 2 мың жеңил автомашина.
Өзбекстан тәрепиндеги жеңил транспортлар ушын 16 жол "жасыл" ҳәм "қызыл" коридорлар менен үскенеленген. Сондай-ақ, Z-портал сканери орнатылған.
Модернизациялаў Өзбекстан-Қазақстан шегарасын кесип өтиўши әҳмийетли пунктлерден бириниң өткериў қәбилетин сезилерли дәрежеде арттырыў ҳәм пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.