Көплеген аймақларда көшелер, жер асты өтиў орынлары ҳәм туннельлер суў астында қалды, жолларда автомашиналар қалып кетти. Айырым аймақларда көшкилер жүз берди ҳәм тереклер қулап түсти.

Сариер районының Аязада массиви суў тасқынынан ең көп зыян көрди. Ол жерде жайласқан турақ жайлар ҳәм офислерден халық евакуация етилди.

Күшли жаўын жәмийетлик транспортта да үлкен машқалаларға себеп болды. Кешки тығыз ўақытта жолдағы тығылыс 89% ке жетти, деп хабар берди вести.аз.

Стамбулда жәми 1277 суў тасқыны жағдайы дизимге алынды. Тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайларды басқарыў басқармасы (AFAD) ҳәм 112 қыстаўлы хызметине 2518 шақырыў келип түсти.

Жаўын себепли ертең Стамбул мектеплеринде сабақлар бийкар етилди. Стамбул губернаторы Давут Гюль халыққа айрықша зәрүрлик болмаса үйлеринен шықпаўды мәсләҳәт етти.

Буннан тысқары, саат 21:00 ден баслап мотоцикл ҳәрекети қадаған етилди.

Түркиядағы өзбекстанлылар қолайсыз ҳаўа райы себепли ескертилди. Стамбул, Ялова ҳәм Кожаели ўәлаятларында күшли жаўын ҳәм самал себепли суў тасқынлары қәўпи жүзеге келиўи мүмкин. Өзбекстанлылардан абайлылық илажларына әмел етиў соралды.