Әмелий геофизика институты мағлыўматларына бола, бундай интенсивликтеги қуяш жарылыўы соңғы мәрте 5-сентябрьде дизимге алынған, деп хабар берди “Kazinform”.
- 5-октябрь күни Москва ўақты менен саат 21:48 де 4545 (N19E10) дақлар топарындағы рентген диапазонында М1.1 жарылыўы дизимге алынды, бул 30 минут даўам етти, - делинеди хабарда.
Қуяш жарылыўлары рентген нурланыўының интенсивлигине қарай бес класқа бөлинеди: A, B, C, M ҳәм Х. Ен төмен А0.0 класы. Ол Жер орбитасында квадрат метрге 10 нановатт нурланыў күшине сәйкес келеди. Ҳәр бир кейинги ҳәрип пенен нурланыў күши 10 есе артады.
Қуяш жарылыўлары ўақтында плазма атылып шығыўы мүмкин. Егер оның бултлары Жерге жетип барса, олар магнит боранларын пайда етеди.