“Report”тың “Khaosod” басылымына тийкарланып хабар бериўинше, дүйшемби күни түнде мотоцикллерди ижараға бериў пункти жанындағы жанылғы автоматында өрт келип шыққан ҳәм жанында жайласқан имаратларға да өткен.
Өрт ақыбетинде бес 4 қабатлы коммерциялық имарат өрт пенен қапланған. Сондай-ақ, прокат пункти жанында болған бир неше мотоцикллерге де зыян жеткен.
Ўақыя орнына өрт өшириў ҳәм қыстаўлы жағдайлар хызметлери жетип барған. Өртти сапластырыў ушын 5 өрт өшириў машинасы тартылған. Қутқарыўшылар шама менен 40-50 минутта өртти басқарыўға ерискен.
Дәслепки мағлыўматларға бола, 38 адам жарақатланған, соның ишинде, түтиннен зәҳәрлениў ақыбетинде. Жәбирленгенлер Патонг емлеўханасына алып кетилген.
Патонг полиция участкасы баслығының мәлим етиўинше, келип түскен мағлыўматларға бола, қайтыс болғанлардың саны 11 ге жеткен.
Өрттиң келип шығыў себеплери ҳәм адамлардың қайтыс болыў жағдайлары анықланбақта.