Сапар етиўден мақсет - социаллық ҳәм пенсия тәмийнаты тараўларындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў, Өзбекстан ҳәм Малайзия бирге ислесиўин кеңейтиўден ибарат.

Пенсия қоры атқарыўшы директорының орынбасары Нуриддин Шадихўжаев басшылығындағы делегация Малайзияның пенсия ҳәм социаллық қамсызландырыў тараўындағы жетекши мәкемелери - Хызметкерлердиң аманат фонды (EPF), Жеке меншик пенсия системалары ҳәкимшилиги (PPA), Социаллық қамсызландырыў шөлкеми (PERKESO) ҳәм Мәмлекетлик пенсия қоры (KWAP) ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Сөйлесиўлер даўамында Малайзияның пенсия системасын басқарыў ҳәм шөлкемлестириў, пенсия активлерин нәтийжели басқарыў ҳәм оларды инвестициялаў, ислам қаржылары принциплери тийкарында жыйнаў механизмлерин енгизиў бойынша тәжирийбеси үйренилди.

Сондай-ақ, тәреплер пенсия тәмийнаты ҳәм социаллық қамсызландырыў системаларын буннан былай да жетилистириў, институционаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм перспективалы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысты.

Сапар Өзбекстанның пенсия ҳәм социаллық тәмийнат системасын модернизациялаўда алдынғы халықаралық тәжирийбеден пайдаланыў ҳәм бул бағдарда еки мәмлекеттиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етеди.