Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия тәрепинен БМШ структуралары менен биргеликте шөлкемлестирилген глобал компанияның рәсмий басланыў мәресими 24-ноябрь күни Олий Мажлис Сенатында болып өтти.

БМШ басламасы менен быйылғы жылғы кампания "Ҳаял-қызларға болған зорлықты биргеликте сапластырамыз: әдилликти тәмийинлеймиз, жәбирленгенлерди қорғаймыз, жазасызлыққа шек қоямыз" сүрени астында өткерилмекте.

Ашылыў мәресиминде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын атап өтти. Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызлардың билим алыўы, мүнәсип жумыс ислеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, жәмийетлик турмыста ҳәм мәмлекетлик басқарыўда белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта.

Соның менен бирге, ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў бойынша нызамлар қабыл етилип, механизмлер енгизилгени, соның ишинде, шаңарақтағы зорлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленип, жәбирленгенлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў системасы жолға қойылғаны атап өтилди.

Сөзге шыққанлар тийкарғы итибарды зорлықтан жәбирленгенлердиң ҳуқықларын тиклеў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықый, социаллық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў, ҳуқықбузарлардың жуўапкершилиги мәселелерине қаратты.

Сондай-ақ, "Әдилликти тәмийинлеў, жәбирленгенлерди қорғаў ҳәм зорлық ушын жазасыз қалыўға шек қойыў" темасында панель додалаўы болып өтти. Зорлықтың алдын алыў, жәбирленгенлерди қорғаў механизмлерин жетилистириў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған басламалар алға қойылды.

Глобал акция шеңберинде елимиздиң барлық аймақлары, мәҳәллелер, билимлендириў мәкемелери ҳәм мийнет жәмәәтлеринде түсиндириў илажлары, дөгерек сәўбетлери ҳәм оқыў семинарлары шөлкемлестириледи. Социаллық видеороликлер, интервью, ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда шығыў имканиятларынан пайдаланған ҳалда халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылады.