Форум туризм инфраструктурасын раўажландырыў, тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў, халықаралық брендлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланған.
Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм департаментиниң баслығы, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаянэ Умерова, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев, Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов, Индонезия Президентиниң туризм мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Зита Анжани, сондай-ақ, Өзбекстанның Ҳиндстандағы туризм ҳәм мәденият бойынша елшиси Риту Бери қутлықлаў сөзлерин айтты.
- Бүгин биз тек ғана мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын емес, ал тараўға инвестиция киргизиў бойынша анық усынысларды да алға қоймақтамыз. Аймақлар ҳәм тийисли министрликлер менен биргеликте туризмди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын қамтып алған 380 нен аслам перспективалы инвестициялық жойбарлар қәлиплестирилди.
Форум шеңберинде 11 сессия өткерилиўи режелестирилген. “Radisson”, “Wyndham”, “Mövenpick”, “Minor Hotels” ҳәм “Accor” сыяқлы халықаралық брендлер қатнасыўында мийманхана жойбарларын әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисиў нәзерде тутылмақта.
Биз ушын форумның тийкарғы нәтийжеси - ерисилген келисимлерди әмелий жойбарларға, жойбарларды болса жаңа туристлик объектлер, сапалы хызметлер ҳәм жумыс орынларына айландырыўдан ибарат.
Туризм комитети инвесторлардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға, тийисли министрликлер ҳәм аймақлар менен биргеликте жойбарларды әмелге асырыўда әмелий жәрдем бериўге таяр", - деп атап өтти Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов.
Рәсмий ашылыў мәресиминен соң ҳүрметли мийманлар ТХТЯ-2026 да қатнасып атырған Өзбекстан аймақлары, сырт мәмлекетлер, сондай-ақ, жергиликли ҳәм халықаралық шөлкемлер менен компаниялардың стендлери менен танысты.
Форум күн тәртибиндеги әҳмийетли темалардан бири "Туризмге инвестицияларды тартыў ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў" сессиясы болды. Мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери Өзбекстанның туризм тараўына инвестиция киргизиў имканиятлары ҳәм бирге ислесиў механизмлерин додалайды.
Сондай-ақ, "Өзбекстан - туризм инвестицияларының жаңа орайы" басламасы, инвесторлар ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды бирлестиретуғын санлы платформа ҳәм "Мәденият мийманханасы" жойбарының презентациялары өткериледи.
Панель додалаўларда БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (TİKA), Халықаралық конгресслер ҳәм конференциялар ассоциациясы (ICCA), “IHG Hotels & Resorts” ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы секретариатының ўәкиллери қатнасады.
Соның менен бирге, форум шеңберинде туризм тараўының тийкарғы бағдарларына бағышланған арнаўлы сессиялар да өткерилмекте.
“Uzbekistan Airports, Aviation & Logistics Forum” сессиясы шеңберинде авиация базарын либералластырыў, жаңа авиакомпанияларды тартыў, транспорт-логистика имканиятларын кеңейтиў ҳәм авиақатнаўларды раўажландырыў арқалы туристлер ағымын көбейтиў мәселелери көрип шығылады.
"Кино ҳәм туризм: жаңа туристлик мәнзиллерди жаратыў" сессиясы киноиндустрия арқалы мәмлекеттиң туристлик тартымлылығын арттырыў, халықаралық киножойбарларды Өзбекстанға тартыў ҳәм жаңа туристлик маршрутларды қәлиплестириў имканиятларына бағышланады.
Форум бағдарламасынан медицина ҳәм саламатландырыў туризми бойынша IV халықаралық конференция да орын алған. Экспертлер медициналық туризм тараўында халықаралық стандартлар, наўқаслардың қәўипсизлиги, санлы технологиялар ҳәм жаңа бирге ислесиў модельлерин додалайды.
Инвесторлар ушын айрықша қызығыўшылық оятатуғын сессияларда халықаралық мийманхана брендлерин тартыў, туризм зоналарын басқарыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, таўлы аймақларда заманагөй туризм инфраструктурасын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.
Форумның және бир әҳмийетли бағдары регионаллық бирге ислесиў ҳәм турақлы туризмди раўажландырыў болады. Атап айтқанда, қәўипсиз туризм, Орайлық Азияны бирден-бир туристлик бағдарға айландырыў, шегараалды ҳәм турақлы туризм, тараўды раўажландырыўда жасалма интеллект технологияларының орны мәселелери бойынша сессиялар болып өтеди.
Жасалма интеллектке бағышланған сессияда туризм тараўы, билимлендириў ҳәм турақлы раўажланыў процесслерине санлы технологияларды енгизиў перспективалары додаланады.
Форум шеңберинде күн даўамында халықаралық шерикликти беккемлеў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған бир қатар бирге ислесиў ҳүжжетлерине қол қойыў мәресимлери де болып өтеди.