Миллий индекс бойынша ҳаўа сапасы тийкарынан "сары" дәрежеге сәйкес келген, бирақ айырым саатларда "сары" дәрежеге жеткен.
Қәнигелердиң айтыўынша, кешки саатларда күшсиз самал, температураның төменлеўи ҳәм ҳаўаның салыстырмалы ығаллығының артыўы майда дисперсли “PM” бөлекшелериниң тарқалыўына тосқынлық еткен. Саат 23:00 ден 02:00 ге шекем ўақтынша самалдың күшейиўине қарамастан, кейин ала және пәсейди. Жаўын-шашынның болмаўы да атмосферадағы патасландырыўшы бөлекшелердиң муғдарын азайтыўға хызмет етпеди.
Миллий экологиялық мониторинг орайы қәнигелери тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм Қибрай районында атмосфера ҳаўасы сапасы инструменталлық өлшемлери өткерилди.
Прогнозларға бола, бүгин, 24-ноябрь күни күндизги ҳәм кешки ўақытлары пайтахтта ҳаўа сапасы халықаралық “AQI” индекси бойынша "Саламат емес" дәрежесинде, миллий индекс бойынша "сары" дәрежеде сақланып қалыўы мүмкин.
Атмосфера ҳаўасының сапасына байланыслы жағдай Арнаўлы комиссияның турақлы қадағалаўында.