Онда дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен 250 ден аслам жетекши туристлик компаниялар, авиакомпаниялар, мийманхана тармақлары ҳәм миллий туристлик шөлкемлер қатнасты. Илажға тараў қәнигелери, туроператорлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллеринен ибарат 10 мыңға шамалас адам қатнасты.

Көргизбеде Өзбекстанға “Uzbekistan Airways” миллий авиакомпаниясы ҳәм бир қатар жетекши жергиликли туроператорлар қатнасты.

Илаж шеңберинде қатнасыўшылар мәмлекетимиздиң туристлик имканиятлары ҳаққында толық айтып өтти, сондай-ақ, сырт елли шериклерге 2027-жыл апрель айынан баслап Ташкент - Варшава - Ташкент жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылатуғыны ҳәм басқа да транзит имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди.

Буннан тысқары, Польша ҳәм Европа Аўқамының басқа да мәмлекетлериниң туристлик компаниялары менен В2В форматында сөйлесиўлер өткерилди. Тәреплер бирге ислесиў перспективалары ҳәм биргеликтеги туристлик пакетлерди ислеп шығыў мәселелерин додалады.

Атап айтқанда, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы тарийхый қалалар бойлап дәстүрий туризм маршрутларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди. Сондай-ақ, жаңа бағдарлар, соның ишинде, гастрономиялық, этникалық, экологиялық ҳәм таў туризмин раўажландырыў мәселелери додаланды.