Ушырасыў даўамында тәреплер Аўғанстандағы ҳәзирги жағдайды, сондай-ақ, Аўғанстан жолындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң айырым мәселелерин додалады.

В.Кононьчук Өзбекстанның Аўғанстан бойынша консолидацияласқан регионаллық позицияны ислеп шығыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Ушырасыў конструктивлик руўхта өтип, Ташкент ҳәм Варшава арасындағы әмелий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.