Қарарға бола, 2026-жыл октябрь – декабрь айларында тәжирийбе-сынақ тәризинде Пенсия қорының төмендеги район (қала) лық бөлимлериндеги пенсия ҳәм басқа да төлемлерди тайынлаў және төлеў менен байланыслы ўазыйпалар аймақлық басқармаларға өткериледи:
Әндижан ўәлаяты – Әндижан қаласы ҳәм Алтынкөл районы;
Самарқанд ўәлаяты – Самарқанд қаласы;
Хорезм ўәлаяты – Үргенш ҳәм Хийўа қалалары және Шават ҳәм Янгиариқ районлары;
Сырдәрья ўәлаяты – район (қала) бөлимлери.
Аймақлық басқармаларда ҳәр бир район (қала) ушын 3 адамнан ибарат комиссия, район (қала) лық бөлимлерде болса пуқараларға хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң жумысы шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизилди. Оған бола, төмендеги хызметлер пуқараның мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде көрсетиледи:
майыплық топары қайта белгиленгенде ямаса мүддети созылғанда майыплық пенсиясын төлеўди даўам еттириў;
I топар майыплығы белгиленгенде пенсияны қайта есаплаў;
шаңарақ ағзалары саны өзгергенде бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын төлеўди даўам еттириў;
100 жасқа толған пуқараларға қосымша төлемди тайынлаў ҳәм төлеў;
ID-карта мүддети тамамланыўы ямаса мүддетинен алдын жаңаланыўы мүнәсибети менен пенсия төлемин даўам еттириў.
Комиссия арза келип түскеннен кейин он күн ишинде тийисли қарар қабыл етеди.
Пенсия қоры бир ай мүддетте Өзбекстаннан тысқарыда болған пенсионерлердиң пенсия төлемлерин алыў ҳуқықын тастыйықлаўда "MyID" мәлимлеме системасы арқалы шахсты тастыйықлаў имканиятын жаратады.