Режеге муўапық, мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 15 жыл жумыс стажына ийе медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң перзентлери ушын республика жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриат бағдары бойынша жыллық төлемли-контракт суммасының 30 проценти қаплап бериледи.

Онда қапланатуғын қаржы базалық есаплаў муғдарының 15 есесинен артпаўы керек.

2026-жыл 14-октябрь жағдайына бола, усы ҳүжжет тийкарында 20 мың 846 арза қабыл етилген. 6311 студенттиң контракты ушын 27 миллиард 200 миллион сум төлеп берилди, және 4848 студенттиң төлеми ушын 19 миллиард 200 миллион сум ажыратыў процеси даўам етпекте. Қалған 9687 арза көрип шығылмақта.

Еслетип өтемиз, әмелге асырылған төлемлер бойынша хабарнама Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы арза бериўшиниң жеке кабинетине жибериледи.

ДСМ Баспасөз хызмети.