Енди пуқаралар үйинен шықпай-ақ, республика аймағындағы қурылыс объектлери ҳаққындағы ашық мағлыўматлар менен танысыўы мүмкин.
Хызмет 30 дан аслам категориядағы объектлерди, соның ишинде, көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар, мәденият, көркем өнер ҳәм туризм объектлерин қамтып алған.
Порталда қандай мағлыўматлар бар?
Жаңа хызмет арқалы төмендегилер ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин:
объекттиң аты, анық мәнзили ҳәм категориясы;
пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери;
қабатлар ҳәм квартиралар саны;
жойбардың улыўма майданы ҳәм баҳасы;
буйыртпашыға, жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге.
Буннан тысқары, пайдаланыўшылар тек ғана мағлыўматлар менен танысып қоймастан, ал қурылыстың нызамлылығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди жүклеп алыўы мүмкин:
архитектура-қала қурылысы кеңесиниң жуўмағы;
эксперт жуўмағы;
қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаўға рухсатнама.
Жаңа хызмет, әсиресе, қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардан үлеслик тийкарда квартира сатып алыўды режелестирип атырған пуқаралар ушын оғада әҳмийетли. Енди келисим дүзиў ҳәм қаржы киргизиўден алдын руқсат етиўши ҳүжжетлерди, объект ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм қурылыстың белгиленген мүддетлерин өзи тексерип алыўы мүмкин.
Хызметтен силтеме арқалы пайдаланыў мүмкин.